«Грецияның Өзбекстандағы жаңадан тайынланған елшиси Параскеви Цевелек ханымнан исеним жарлықларының нусқаларын қабыл еттик»

263

«Грецияның Өзбекстандағы жаңадан тайынланған елшиси Параскеви Цевелек ханымнан исеним жарлықларының нусқаларын қабыл еттик», – деп жазбақта Өзбекстан Сыртқы ислер министри өзиниң социаллық тармағындағы бетинде.

– Ташкент қаласында Греция елшиханасының ашылыўын қоллап-қуўатлаймыз ҳәм бул қәдем мәмлекетлеримиз арасында бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириўге хызмет етеди, деп исенемиз. Ушырасыў барысында сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиўди додаладық. Елши ханымға Өзбекстанда нәтийжели ҳәм табыслы жумыс алып барыўын тилеймиз, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агнетлиги