БМШ Бас Ассамблеясы Өзбекстанның басламасы менен Тоғай жаратыў ҳәм тоғай тиклеў Декадасы ҳаққындағы резолюцияны қабыл етти
295

Резолюцияның жәрдемши авторлары 80 нен аслам мәмлекет болып, олар дүньяның барлық регионларын, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлерин, Әзербайжан, Россия, Бразилия, Австрия, Германия, Финляндия, Португалия, Ҳиндстан, Иран, Пакистан, БАӘ, Қатар, Бахрейнди өз ишине алады.
Бул ҳүжжет Өзбекстан президентиниң тийкарғы басламалары, соның ишинде, “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы” бағдарламасы, “Жасыл мәкан” миллий жойбары ҳәм “Орайлық Азия Жасыл белбеў” терек егиў акциясы тийкарында жаратылған.
Резолюция 2027-2036-жылларды Тоғай жаратыў ҳәм Тоғай тиклеў Ҳәрекетлер Декадасы деп жәриялайды, күш ҳәм ресурсларды мобилизациялаўға шақырады, сондай-ақ, мәмлекетлер ҳәм шөлкемлерди тийисли илажларды күшейтиўге шақырады.
ӨзА