Савицкий музейиндеги «Өгиз» картинасы 800 млн долларға баҳаланды ма?

Бүгинги күнде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи тек ғана Өзбекстанда емес, ал дүнья көлеминде де белгили мәдений орынлардан бири болып есапланады. Музейде 100 мыңнан аслам сийрек ушырасатуғын экспонатлар, атап айтқанда, XX әсирдиң басындағы рус авангарды, әмелий ҳәм сүўретлеў өнериниң үлгилери сақланбақта. Бул экспонатлар арасында Василий Лысенко авторлығындағы «Өгиз» аты менен белгили картина да бар.
Соңғы ўақытлары жәмийетшилик арасында бул картина жүдә үлкен баҳа – 800 миллион долларға тең деп баҳаланғаны ҳаққында мыш-мышлар тарқалды. Бул мағлыўматлар социаллық тармақларда ҳәм айырым ғалаба хабар қуралларында қызғын додалаўларға себеп болды. Бирақ бул ҳақыйқатқа қаншелли жақын?
Бул сораўға жуўап бериў мақсетинде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи мәлимлеме хызметиниң баслығы Гүлшира Генжебекова төмендегише түсиник берди:
«Музейдеги барлық экспонатлар баҳаланбайды ҳәм сатылмайды. Буның тийкарғы себеби – олар сийрек ушырасатуғын мәдений мийрас сыпатында халықтың мүлки, миллий байлығы есапланады. Ҳәр қандай шығарманың материаллық емес, руўхый қәдири үстин турады».
Демек, «Өгиз» сүўрети ямаса музейдеги басқа да экспонатлар қанша туратуғыны ҳаққындағы баҳалар тийкарлы дәреклерге сүйенбеген. Музей сиясатына бола, экспонатлар саўдаға шығарылмайды ҳәм олардың баҳасын белгилеў мәселеси күн тәртибине қойылмайды.
Соның менен бирге, бул шығармаларға халықаралық қызығыўшылық ҳәм талап жоқары екени ҳақыйқат. Әсиресе, «Өгиз» картинасы өзиниң экспрессив усылы ҳәм тарийхый қунлылығы менен көркем өнертаныўшылар ҳәм коллекционерлердиң итибарын тартпақта. Бирақ музейдиң тийкарғы мақсети – бул сийрек ушырасатуғын экспонатларды сақлаў, изертлеў ҳәм келешек әўладларға жеткериў болып табылады.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы