Қарлыбайдың «Бес қасқыры» ямаса бир шаңарақтың урыста жоғалған үмити

(Бийбираба Наўрызбаеваның еске түсириўлери тийкарында жазылған)
Урыс. Бул сөзди еситиўден-ақ жүреклерде қандайда қорқыныш пайда болады. Екинши жер жүзлик урыстың тамамланғанына быйыл 80 жылдың майданы болса да, урыс қалдырған жарақатлардың изи еле жоғалмаған.
Екинши жер жүзилик урыс– қарақалпақ халқының да жүрегинде өшпес из қалдырған дәўир. Бул – тек фронттағы оқ ҳәм от емес, ҳәр бир шаңарақтың, ҳәр бир ананың, ҳәр бир баланың тәғдирин тербелиске келтирген аўыр заман сыпатында еске алынады. Қараөзек районында жасап атырған Қарлыбайдың әўладлары да усы дәўирдиң азабын терең сезинди. Бүгин сизге усы шаңарақтың урысқа кеткен мәрт азаматлары ҳәм олардың қайғылы тәғдирлери ҳаққында баянлаймыз.
Тамыры терең – тәғдири аўыр шаңарақ
– Атамыз Қарлыбай деген бай, ел арасында абырайлы инсан еди, – деп еслейди 83 жастағы нураний устаз Бийбираба Наўрызбаева. – Оның бес баласы – әкем Қарлыбаев Наўрызбай ҳәм оның инилери Қарлыбаев Дәрябай, Қарлыбаев Шарап, Қарлыбаев Насыр ҳәм Қарлыбаев Нәжим болған. Олардың бесеўи де билимли, саўатлы инсанлар болып урыс басланғанға шекем елге сүйениш боларлықтай жуўапкершиликли лаўазымларда ислеген. Биреўи милицияда, биреўи атқарыў комитетинде, басқалары районлық мәкемелерде хызмет еткен. Аўыл халқы оларды Қарлыбайдың «Бес қасқыры» деп атап, ҳүрмет ететуғын болған.
Бирақ, 1941-жылы басланған урыс усы бахытлы шаңараққа да қара көлеңке түсирди. Елден бириншилерден болып, усы шаңарақтың ер жигитлери майданға атланды. Бул урыс ананы баладан, баланы әкеден айырып, неше мың жас жанларды бул әлемнен ерте алып кетти. Бийбираба апа өз еслеўлеринде бул аўыр дәўирди өкиниш пенен еске алады: «Мен әкем Наўрызбайды танымайман. Ол урысқа кеткенде мен енди ғана бир жасар бала едим. Анам төрт перзенти менен қалып, үш ул, бир қызды жалғыз өзи тәрбиялады. Ол жыллары мәмлекетте ашлық, жетиспеўшилик ҳәм қайғы бирге жүз берди. Апам гейде отырып алып: «Бас аяқ болды, аяқлар бас болды. Заман қалай қалай болды. Мына урыс қуртып кеттиғо бизлерди, балам», -дейтуғын еди.
Жоғалған үмит
Урыс басланғанда Бийбираба апаның шаңарағы да басқа көп шаңарақлар сыяқлы аўыр сынақларға дуўшар болды. 1941-жылы урыстың дәслепки жылларынан-ақ, еки ағасы – Насыр ҳәм Нәжим урыс майданына атланады. Насыр сол дәўирлери Қараөзек районы атқарыў комитетиниң баслығы, ал Нәжим болса районлық билимлендириў бөлими баслығы лаўазымында ислейтуғын болған. 1942-жылы болса Бийбираба апаның ең үлкен жигит ағасы Наўрызбаев Турдыбай (апасының туңғышы дейди) еле жас жигит болыўына қарамастан 16 жасында өз қәлеўи менен «Мени урысқа алып кетиң, әжағаларым кетти, мен де изинен бараман» деп арза жазып урысқа кетеди. Соның менен қатар әкесиниң туўысқаны Дәрябайдың баласы Дәрябаев Оразбай 17 жасында урысқа кеткен. 1943-жылдың ақырларында болса Бийбираба апаның әкеси Наўрызбай да Батальонға (урысқа) кетеди. Солай етип, Қарлыбайдың бес улының үшеўи, еки ақлық баласы саўаш майданына атланып, душпан менен жекпе-жек жүзлесиўге жол алады. Өкинишлиси олардың ҳеш бири саўаш майданынан аман қайтпаған.
Бир шаңарақтан бес адамның урысқа кетип қайтпағаны үлкен қайғы болды. Бул қайғы Бийбираба апаның өмирине терең тәсир етпей қоймады. Оның урыс жыллары ҳаққындағы еслеўлеринде жақын адамларынан айырылыў азабы айқын сезилип турады. Себеби, бул шаңарақтан урысқа кеткен бес жигиттиң төртеўи еле шаңарақ қурмаған жас азаматлар еди. Тек Наўрызбайдың ғана арқасында перзентлери қалған.
– Олардың ҳеш биринен хабар болмаған. Тек әжағам Турдыбайдың ғана жерленген қәбири 1982-жылы Украинаның бир түпкиринен табылып, ағамыз барып белги орнатып қайтты- дейди Бийбираба апа көзине жас алып.
– Кемпир апам көп жылайтуғын еди «Изинде бир туяқ қалмадаў» деп. Сүўретлерин бетине басып жылап отырғанлары еле ядымда. Әсиресе, әкемиздиң туўысқанлары ағаларымыз Насыр ҳәм Нәжимниң костюм-шалбарларын «Келип қалар, келсе кийеди» деп сақлап қоятуғын еди. Ақыры сол үмит пенен жолына қарай-қарай дүньядан көз жумды.
Жаңа дәўир – ески жара
Урыстың соңғы жыллары да елге аңсат болмады. Ашлық, жоқшылық, турмыстың қыйыншылықлары елди бүгип жиберди. Бийбираба апа:
– 60-жылларда-ақ нан ушын гезекке туратуғын едик. Апам: “Дән жоқ, жаным,» – дейтуғын еди. Жүўерини басқа затқа алмастырып алып келинетуғын еди… Сонда да шүкир етер едик,-дейди бүгинги күнимизге шүкиршилик етип.
Бүгинги күнде Қарлыбайлар шаңарағынан қалған жалғыз әўлад – Бийбираба апа. Өзи узақ жыллар мектепте тарийх пәнинен сабақ берген. «Мен өмиримди балаларға бағышладым, бирақ жүрегимде – урыстың изи ҳәм әрманым кетти,» – дейди апа гүрсинип. «2000-жылы үйимизде өрт шығып, ҳәмме затымыз жанып кетти. Қағаз, сүўрет, ҳүжжет – ҳәммеси. Тек өзимиз аман қалғанымызға қуўандық. Сол өртте бес туўысқанның сүўретлери де жанып күл болғаны мени көбирек өкиндиреди. Енди сол бес туўысқанның атын тарийхта қалдырыўды қәлеймен. Бул мениң әрманым…» дейди.
Естелик – ерлик пенен тең
Бул мақала – Бийбираба апаның жүректеги неше жыллық әрманынан дөрелип отыр. Бийбираба Наўрызбаева – умытылып кеткен тарийхты тирилтип атырған бир ғана инсан. Бул тек ғана бир шаңарақтың емес, пүткил бир халықтың қайғысын сәўлелендиретуғын естелик. Қарлыбайдың бес қасқыры(уллары) – ел ушын жанып жасаған мәрт азаматларымыздан еди. Оның үшеўи ел басына аўыр сынақ келгенде қорықпастан жеңди түрип, саўаш майданына атланып жанын пидә еткен, бирақ аты аталмай қалған батырлар. Олардың мийнети, мәртлиги – мәңги мақтаўға турарлық. Келешек әўлад оларды билсин, олардан үлги алсын.
Халық өз батырларын ҳеш қашан умытпайды. Қарлыбайдың «Бес қасыры» аталған бес улы, өзлери жас болса да жүреги батырлыққа толы еки ақлығы – тарийхта мәңги есленетуғын инсанлар. Олардың ели ушын еткен ерлиги жүреклерде мәнги сақланады.
Муслима Мамбетниязова, журналист
Қарақалпақстан хабар агентлиги