Филологлар «Ректор кубоги»н қолға киргизди

«2022-2026-жылларға мөлшерленген жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы»ның «Әдил социаллық сиясат жүргизиў, инсан капиталын раўажландырыў» деп аталған төртинши бөлиминде мәмлекетимиз жасларының тәрбиясына үлкен итибар берилмекте. Бул бөлимниң «Дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўшы пуқаралар санын 2026-жылда 33 процентке жеткериў» сыяқлы мақсетлери әмелде иске аспақта.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де усы стратегия тийкарында бир қатар әҳмийетли илажлар әмелге асырылмақта. Мәселен, жасы үлкен профессор-оқытыўшылар арасында спорт жарыслары шөлкемлестирилип, жеңимпазлар баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, студент-жаслар арасында спорттың түрлери бойынша жарыслар өткерилип, жеңимпазларға ректорат тәрепинен арнаўлы саўғалар тапсырылды.
Елимизде спорт жасларымыздың саламат, ҳәр тәреплеме шыныққан, ақыл-ойлы ҳәм жетик болып камалға келиўин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор есапланады. Усыған муўапық, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде спорт жарысларын өткериўде жоқары шараятлар жаратылып, жаслардың спортқа болған қызығыўшылығын және де арттырыўға қаратылған бир қатар жумыслардың әмелге асырылыўына себеп болмақта. Университетте шөлкемлестирилген «Ректор кубоги» жарысы – бул жасларымыз арасындағы өз-ара бирге ислесиў ҳәм унамсыз идеяларға қарсы турыўға хызмет ететуғын тийкарғы илажлардан бири болып есапланады.

«Ректор кубоги»ниң быйылғы жарысларында қызғын беллесиўлер ҳәм күшли бәсеки бақланды. Әсиресе, волейбол бойынша ерлер ҳәм қызлар арасындағы беллесиўлер жүдә қызықлы болды. Жарыслар даўамында жаслар өзлериниң спорттағы үлкен шеберлигин ҳәм жеделлигин көрсетти.
Ерлер арасындағы финальда Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң командасы жеңимпаз болып, «Ректор кубоги»н қолға киргизди. Қызлар арасында болса, филологлар факультети қарсыласларын 2:1 есабында жеңди.
Жарыс жуўмағында Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң ерлер ҳәм қызлар волейбол командалары биргеликте «Ректор кубоги»н қолға киргизди.
Сондай-ақ, бул илажлар жасларымызға спорттың әҳмийетин түсиниўге жәрдем берип қоймастан, олардың келешектеги профессионал жумысларына унамлы тәсир көрсетиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы