«Илҳам ҳәм сөз қүдирети» таңлаўына

1993-жыл. Тест сынақларының мәмлекетимиздеги жоқары оқыў орынларына енгизилген биринши жылында оқыўға кирген әўметли жаслар арасында менде бар едим. Әйне он жети жас. Ҳәр район ҳәм қаладан келген сада ғана қыз-жигитлер едик. Уялы телефон жоқ, интернет жоқ. Танысыўға да бир-биримизден тартынып, көп ўақытларда дослармыз бенен әлпимиз алысқан…

Биз оқып билим алған журналистика кафедрасы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик универистетиниң филология факультети қурамында болып, оқыў дәргайының үшинши қабатында оқыр едик. Факультетимиз мисли халықлар дослығының мысалы болып, қарақалпақ, өзбек ҳәм түркмен филологиясы студент жаслары менен араласып,  бирге билим алдық. Группамызда да қарақалпақ, өзбек, түркмен, қазақ миллетиндеги жигит-қызлар биргеликте билим алдық. Республикамыздың алыс районлары болған Тахтакөпир, Елликқала, Шымбайдан тысқары Нөкис районы менен Хожели, Қанлыкөл ҳәм пайтахттың өзинен келип оқып атырған бәримиздиң басымызды усы филология факультети бирлестирип турар еди.

Ол ўақытта журналистика кафедрасында бизлерге қәнигелик пәнлерден билим беретуғын устазларымыз илимий жумысларын жақлап,  ал, базылары енди аспирантурада оқып атырған пайытлары еди. Сабақлық китаплар, теориялық билим алыўға имканиятлар жүдә аз еди. (Ҳәзир интернет раўажланып имканиятлар кеңейди). Кафедра баслығы М.Жумамуратова, Тамара Машарипова, Зияда Қожықбаева, Даўлетбай Бекбаўлиев, Қуўатбай Есебаев, Абдисамет Абдимуратов ҳәм басқа да қәнигелик пәни муғаллимлери бизлерге журналистика бойынша билим  ҳәм түсиник берип барды.

Факультеттеги қарақалпақ тили ҳәм әдебияты  илими бойынша профессор оқытыўшылар, яғный сол дәўирдеги тири әпсаналар  Сражатдин Ахметов, Қабыл Мақсетов,  Есемурат Бердимуратов, Камал Мәмбетов, Әбдисайыт ҳәм Юнис  Пахратдиновлар, Айжарық Бекбергенов, Абат Дәўлетовларды өз көзимиз бенен көрип, олардың айырымларынан билим алыўымыз сол дәўирдиң жасларының бири сыпатында менде үлкен тәсирлер қалдырып, кеўлимди мақтаныш сезимлери бийлейди. Олар ҳаққында өлмес әжайып еслеўлер қалған. Мәселен, «Әдебият теориясы» пәнинен сабақ берген филология илимлериниң докторы, профессор  Камал Мәмбетовтың өзине тән сабақ өтиў усылы, шеберлиги бар еди. Ол қолындағы журнал менен кирип келип, басындағы малақайын стол үстине шешип қояды да, сабақты ҳеш қандай лекция қолланбасына я бир китапқа қарамастан баян етер еди. Ири денели әўдийип жүретуғын устазымыз күтә әлпайым ақ көкирек инсан еди. Сабақ таўсылғанда журналды алып кете береди дә бирақ, малақайы қалып қояды. Соннан биринши партада отырған мен қолыма малақайды алып  жуўырып, изинен  апарып берер едим. Камал Мәмбетов қандай сабақ өтсе, бизлерден де өзи үйреткениндей  билимди талап етер еди.  Әсиресе ол ҳаял-қызларды жүдә ҳүрмет етер ҳәм группамыз жигитлерине де соны айтар еди. Камал аға басқа жумысқа өтип кеткен ўақытлары шайыр ҳәм илипаз  Бахтияр Генжемуратов оның исин даўам етип, бизлерге қарақалпақ әдебияты теориясы бойынша жетик билим берди. Сондай-ақ, биз журналистика қәнигелиги бойынша устазларымыздан (ол ўақытлары ҳәр курста бир группа бар еди ҳәм бөлимлерге бөлинбеген ўақытлары еди) билим алыўымыз  бенен бирге қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен жетик билим алыўға миясар болдық. Қарақалпақ әдебияты тарийхы пәнинен билим берген устазымыз Юнис  Пахратдиновтың қаттықоллығы  ҳәм сусты басымлығынан айбынып, билгенимизди де айта алмай отырғанымызда «Мениң көринисим қатал болғаны менен ишки дүньям жақсы, тартынбай айта бериң», деген ўақтында ишимиздеги демимизди шығарып, еркин нәпес алғанбыз. Әсиресе, фиолология илимлериниң кандидаты Ҳүрлиман Өтемуратованың талапшаңлығы менен қарақалпақ фольклорының 20 томлығын таўып, өзине апарып көрсеткенлеримиз бүгингидей ядымда. Оның «дәстанларды оқың, сонда ой-өрисиңиз кеңейип, тил байлығыңыз да артады», деп талап еткенлигинен дәстанларды ядлап айтып берген болсақ, Абат Даўлетовтың фонетикадан билим  бериўи болажақ журналистлердиң сөйлеў мәдениятында ас қатты десем асыра айтқан болмайман.

Студентлик жылларымыз бизлер ушын қайтып келмес, алтын дәўир болды. Интернетсиз-ақ, китап оқып, устазлардан тәлим-тәрбия алып, қәнигелик ийеледик. Филология факультети журналистика  қәнигелигинде билим алып,  ана тилимиз қарақалпақ тилинде мақалалар жазып республикалық газеталарға мақалалар жазып, сөздиң қүдирети қаншелли жоқары екенлигин аңғардым. «Сизлер болажақ журналистлерсиз, келешекте халықтың дәрти менен жасап, жәмийетте ушырасып атырған машқалаларды сапластырыўға үлес қосыўыңыз керек. Ҳақыйқатты жазыўыңыз керек», -деп билим берген устазлардың сөзи студентлик гезимде-ақ  қәлемиме «қамшы» болған. 1994-жылы «Қарақалпақстан жаслары» газетасында «Студенттен бай халық жоқ деседи…» атлы сын мақаламның жәрияланыўы, оқыў орнындағы айырым оқытыўшылардың китапларды мәжбүрий сатып, студенттиң азғана стипендиясын жыйнап алыў мәселеси ҳәўиж алып кеткенлигин  сынға алғанлығым базыларға жағыңқырамаған. Сөз еркинлиги қағаз жүзинде, лекин әмелде өз күшине ийе емеслиги дәўир шынлығы еди.

Мине, арадан нешше жыллар өтип, ғалаба хабар қуралларында ашық-айдынлыққа ерисилмекте. Президентимиздиң айрықша итибары менен мәжбүрий мийнетке тартыў, мәжбүрий пахта жыйын терими, мәжбүрий газета-журналлараға жазылыў менен мәжбүрий китап сатыў мәселелерине тыйым салынды. Зиялы қәўим мәжбүрий жумыс ҳәм талаплардан  қутылды.

-Эренст Хемингуэй америкалы жазыўшы ҳәм журналист. Оның журналистлик лабораториясын жазыўың ушын АҚШ қа барып келиўиң керек, тема қәте берилген,-деп «Эрнест Хемингуэйдиң журналистлик лабораториясы» деген питкериў диплом жумысымның  темасын «…Журналистлик шеберлиги» деп  өзгертип берген илимий басшым Камал Мәмбетов диплом жумысымды жазыўымда  мәсләҳәтлерин бериўден жалықпаған.

-Хемингуйэйди жазыўың аңсат емес. Соның  ушын оның журналистлик жанрдағы шығармаларын оқып, оны қарақалпақша жақсы көрип, қарақалпақша жазыўың керек. Сонда жумысың жақсы шығады,- деген устаздың бир гәпи есимде  қалған. Интернет жоқ, әдебиятлар жетерли емес, бар болса да рус тилинде болғанлықтан, тилди шубаландырмай таза жаз деген екен-аў  деп ойлайман ҳәзир еслеп.

Дәўирлер өтти. Университетти питкерип, өмир гүзарына қанат қомлап, турмыстан, жумыстан орнымызды таўып кеткенимизге де быйыл отыз жылға шамаласып қалыпты. Биз қарақалпақ тили ҳәм әдебияты илимине бир дүркин болып «келип-кеткен» белгили илимпазлардан билим алып, олар менен заманлас болғанымызға оғада мақтанышлымыз. Олардан алған билимлеримиз  өмир гүзарымызда өз пайдасын тийгизип келмекте. Группамыздан қарақалпақ журналистикасында өз орнына ийе болып, хызмет етип киятырған тележурналистлер Шәригүл Әметова, Арзайым Бердимуратова, Зухра Абдирахманова, радиожурналистлер Дилбар Аманлепесова, Дилбар Қыдырниязова, Лала Нуратдинова, ӨзА да фотожурналист М.Ҳабибуллаев сондай-ақ, филология илимлери бойынша диссертация қорғап, жоқары оқыў орынларында оқытыўшылық етип киятырған Қ.Қалекеев ҳәм  А. Алламбергеновлар менен  басқа да   группалас досларымыз устазлардан алған билимлерин тәжирийбеде қоллап, жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте. Олар арасынан халықаралық «Алтын қәлем», Өзбекстан көлеминде «Жылдың ең белсенди журналисти» ҳәм басқа да таңлаў жеңимпазлары менен сыйлық ийелери жетисип шықты.

Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң қарақалпақ журналистикасы менен тығыз байланыслы екенлиги бул тараўда мийнет етип киятырған бәршемизге мәлим болғанындай, биз усы тилде сөйлеп, усы тилде халыққа хызмет етип, усы тилде нан жеп, усы тилде ҳәййиў айтып, усы тилде перзентлеримизге тәрбия бериўимиз бенен бирге, «биз филолог журналистлер болдық» деп айтқым келеди. Себеби, фиолология факультетинде уллы устазлардан алған билим ҳәм тәрбия арқалы бүгин елимизге, халқымызға хызмет етип, келешекке қарай қәдем таслап баратырмыз.

Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы