Еки тәреплеме байланыслар беккемленбекте
240

Пакистан Республикасы Сенаторы, Бас министрдиң орынбасары ҳәм сыртқы ислер министри Муҳаммад Исақ Дар мырза менен конструктивлик телефон арқалы сөйлесиў өткердик, деп жазбақта Сыртқы ислер министри өзиниң жеке телеграмм каналында.
«Сәўбетлесиў ўақтында еки тәреплеме байланысларды және де беккемлеў бағдарындағы өз-ара садықлығымыз және бир мәрте тастыйықланды, регионаллық байланыслылықты ҳәм абаданлықты раўажландырыў жоллары додаланды. Сөйлесиўимиз Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы терең исеним ҳәм кеңейип атырған бирге ислесиўди айқын сәўлелендирди», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги