Жеймс Уэбб телескобы Жерден тысқарыда тиришилик бар екенлигин дәлиллейтуғын күшли дәлийллерди анықлады – анықлық дәрежеси жүдә жоқары, деп жазбақта илимий дәреклер

К2-18б атлы планета атмосферасында тек биологиялық процесслер нәтийжесинде пайда болатуғын диметилсульфид (ДМС) ҳәм диметилдисулфид (ДМДС) газлери бар екенлиги анықланды. Бул газлер тек тири организмлер тәрепинен пайда болады.
Астрофизиклер бул ашылыўды “космоста тиришиликти излеўде жаңа дәўир” деп атады. Олардың айтыўынша, бул нәтийжелер арқалы биз жасаўға қолайлы планеталарда биосигнатураларды анықлаў имканиятына ийе болдық.
Қарақалпақстан хабар агентлиги