“Ўзагросуғурта” АЖ системасында коррупцияға қарсы гүресиў илажлары күшейтилмекте

“Ўзагросуғурта” акционерлик жәмийетинде система хызметкерлериниң ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқуқый мәдениятын жоқарылатыў, олардың коррупцияға маўасасыз қатнасықты қәлиплестириўге қаратылған мәжилис шөлкемлестирилди. Онда 2025-жыл 5-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында өткерилген Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Миллий кеңес мәжилисинде белгиленген тийкарғы бағдарлар ҳәм ўазыйпалар додаланды.
Жәмийетте коррупцияның алдын алыў, мәплер соқлығысыўын сапластырыў ҳәм қәўип-қәтерлерди басқарыўға байланыслы илажлар режеси ислеп шығылды. Ҳәр бир хызметкердиң жеке мәплери Жәмийетлик мәплерге қалай тәсир көрестиўин баҳалаў системасы жетилистирилди.

Буннан тысқары, Жәмийетте қамсызландырыў хызметлерин санластырыў, онлайн рәсмийлестириў ҳәм төлеў системалары менен интеграциялаў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Бул процесс системада ашық-айдынлықты тәмийинлеў, коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға хызмет етпекте.
Мәжилис жуўмағында мәмлекет басшысы тәрепинен алға қойылған усыныс ҳәм басламалардың коррупцияны тамыры менен жоқ етиўде үлкен әҳмийетке ийе екени және бир мәрте атап өтилди.
ӨзА