Қурып атырған Арал теңизи астындағы жер көтерилмекте

391

Қытайлы ҳәм америкалы геологлар Жер қабығы ҳәм мантиясының ҳәрекети себепли қурып баратырған Арал теңизи түбиниң турақлы түрде көтерилип атырғанын анықлады.

Өткен 80 жыл ишинде Арал теңизи 1,1 миллиард тонна суўды жойтты. Бул жойытыў соншелли үлкен еди, жер қабығы «қысылған пружина қойып жиберилгендей» көтериле баслады.

Дәслеп, жер қатламы жүдә аз муғдарда көтерилиўи шамаланған. Бирақ, жаңа изертлеў соны көрсетти, суў парланғаннан кейин он жыллар өтсе де, жер елеге шекем жылына 7 мм тезликте көтерилиўди даўам етпекте.

Бул ашылыў суў сақлағышларды қурғатыў ҳәм гидротехникалық имаратлар қурыў сыяқлы антропогенлик өзгерислер тек ғана экосистемаға емес, ал терең геодинамикалық процесслерге де тәсир етиўи мүмкин екенин көрсетпекте. Солай етип, инсан ҳәрекети Жер мантиясында деформацияларды келтирип шығарыўы мүмкин екен, бул болса алдын мүмкин емес деп қаралған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги