Стамбулда күшли жер силкиниў жүз берди

Бүгин, 23-апрель күни Стамбулда 6,2 баллы жер силкиниў жүз берди. Türkiye Todayдиң жазыўынша жер силкиниў жергиликли ўақыт пенен саат 12:49 да жүз берген.
Қаланың ҳәр түрли аймақларында, қалаберсе, Бурсада тектоникалық тербенислер сезилип, адамлар ҳаўлыққан.
Жер силкиниўдиң инфраструктураға жеткерген зыяны ҳәм жәбирленгенлер ҳаққында мағлыўмат келип түспеген.
Жер силкиниў тәкирарланыўы мүмкин екени айтылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги