Ташкентте Орайлық Азия ҳәм АҚМБК таллаў орайларының биринши форумы болып өтеди

264

28-29-апрель күнлери Ташкент қаласында «Стратегиялық шерикликти беккемлеў: тарийхый байланыслардан кең көлемли бирге ислесиўге қарай» темасында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси таллаў орайларының биринши форумы болып өтеди.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық шериклик ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Саудия Арабстанының «Gulf Research Center» изертлеў орайы тәрепинен шөлкемлестирилмекте.

Форум Орайлық Азия мәмлекетлери (Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Өзбекстан) ҳәм АҚМБК (Саудия Арабстаны, БАӘ, Қатар, Кувейт, Оман, Бахрейн) ден 70 тен аслам абырайлы қәнигелерди бир жерге жәмлейди ҳәм еки үлкен макрорегионның келешекте бирге ислесиўин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, илажға АҚМБК Секретариаты, дипломатиялық корпус ҳәм исбилермен топар ўәкиллери де мирәт етилген.

Форум қатнасыўшылары Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Араб қолтығы мәмлекетлери арасындағы әмелдеги ҳәм алдағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин додалайды.

Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша сиясий сөйлесиўди ҳәм өз-ара келисилген көзқарасларды беккемлеў, саўда ҳәм инвестициялық байланысларды тереңлестириў, «жасыл» энергетика ҳәм транспорт коридорларын раўажландырыў тараўларында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери экспертлердиң дыққат орайында болады.

Регионлараралық бирге ислесиўге сапа жағынан жаңа пәт бағышлайтуғын ҳәм мәмлекетлер арасында биргеликтеги раўажланыў потенциалын толық көрсететуғын әмелий басламаларды ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылады.

Биргеликтеги билдириў қабыл етилиўи ҳәм Орайлық Азия ҳәм АҚМБК таллаў орайлары расында бирге ислесиў меморандумларына қол қойылыўы Форумнан күтилип атырған тийкарғы нәтийжелерден есапланады. Бул ҳүжжетлер еки регион эксперт жәмийетшилиги арасында системалы бирге ислесиўди жолға қойыў ушын беккем тийкар жаратыўы күтилмекте.

Буннан тысқары, ислеп шығылған усыныслар Самарқандта өткерилиўи режелестирилген Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Араб қолтығы мәмлекетлери жетекшилериниң екинши саммити күн тәртибин байытыўға әҳмийетли үлес қосады.

Болажақ форум Орайлық Азия ҳәм Араб қолтығы мәмлекетлери арасындағы узақ мүддетли шерикликти беккемлеўге хызмет етип, улыўма тарийхый мийрасты қайта тиклеў ҳәм көп тәреплеме сөйлесиўди беккемлеў ушын жаңа бағдарларды белгилеп береди.

ӨзА