Өзбекстанның Мәлимлеме кодекси қабыл етиледи – жойбар

243

Президенттиң Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстанның 2030-жылға шекемги Миллий стратегиясын тастыйықлаўға байланыслы пәрманы жойбарына бола, АОКА ҳәм тийисли министрлик ҳәм уйымлар, Өзбекстан Миллий медиа ассоциаициясы ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары быйылғы жылдың декабрине шекем Мәлимлеме кодекси жойбарын белгиленген тәртипте Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизиўи  зәрүр.

Онда:

– инсанның мәлимлеме тарқатыў ҳәм мәлимлеме алыўға байланыслы ҳуқық ҳәм еркинликлерине байланыслы түсиник ҳәм нормаларды системаластырыў;

– санлы мәлимлеме орайында инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң бузылыўында ҳуқықый қорғаўды күшейтиў нәзерде тутылыўы зәрүр.

Атап өтилиўинше,  кодекстиң қабыл етилиўи менен инсанның мәлимлмеме алыў, оннан пайдаланыўға байланыслы ҳуқықларын, ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеўге байланыслы  нызамшылық системаластырылады ҳәм  жетилиседи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги