Эстонияда жергиликли депутат жәриймаға тартылды

232

Эстонияның ERR интернет басылымының мағлыўматларына бола, Пярну округлик суды Саарде районының муниципал кеңесиниң ағзасы Хели Юхкамсооны рәсмий ҳүжжетлерди қәлбекилестириўде айыплы деп тапты.

Оның нызамсыз ҳәрекетлери сыпатында, Юхкамсоо Килинги-Нёмме мәдений орайының басшысы сыпатында ислемеген шахстың атына жумыс ислегени көрсетилген табельлерин дүзгени көрсетилген.

Бул ҳүжжетлерге тийкарланып ҳақыйқатында да жумысты орынламаған шахсқа айлық мийнет ҳақы төленген.

Суд ҳүкими менен оған 12 мың евродан аслам жәрийма ҳәм мәмлекеттиң пайдасына 1 мың евродан аслам мәжбүрий төлемлерди төлеў белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги