Италия бас министри Қазақстанға келеди

Президент Қасым-Жомарт Тоқаевтиң мирәт етиўине бола Италия бас министри Жоржа Мелони 26-27-апрель күнлери рәсмий сапар менен Қазақстанда болады, деп хабар бермекте Ақорда баспасөз хызмети.
– Сөйлесиўлер даўамында тәреплер Қазақстан ҳәм Италия арасындағы стратегиялық шерикликти раўажландырыў перспективасын додалайды. 27-апрель күни Астана қаласында «Орайлық Азия – Италия» форматындағы биринши саммит болып өтеди, – делинеди хабарда.
Буннан алдын Қазақстан жетекшиси Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Түркменстан Халық Мәсләҳәтшиси Баслығы Гурбанғулы Бердимуҳаммедов арасында рәсмий емес ушырасыў болып өтиўи мәлим етилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги