Британия ЕА менен ири саўда келисимине қол қойыўға жақын тур

366

Уллы Британия Бас министри Кир Стармер жақын арада Европа Аўқамы менен ири саўда келисимине қол қойыўды режелестирмекте. Бул келисим Патшалық қурал компанияларына Европа аўқамласларына миллардлаған фунт стерлинг өним сатыў имканиятын береди. Бул ҳаққында «Times» газетасы жазған.

Ҳүкиметтиң әмелдеги басшысы ЕА менен жаңа қатнасық орнатыў нийетин бир неше рет билдирген. Атап айтқанда, 2024-жыл июль айында ҳәкимиятқа келген Лейбористлер партиясы өз сайлаў алды манифестинде әййемги континент аўқамы менен қәўипсизлик шәртнамасын дүзиў, Франция, Германия ҳәм Бирлескен экспедиция күшлерин (JEF)деги шериклер менен қорғаныў тараўында шерикликти күшейтиў режесин жәриялаған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги