Енди «Instagram»да жасалма интеллект жас өспиримлерди анықлайды

332

«Instagram»да жас өспирим ересек адамлардың атынан аккаунт пайдаланып атырған пайдаланыўшыларды жасалма интеллект анықлайды. Бул ҳаққында «The Verge» басылымы хабар берди.

Онда система аккаунтта әмелге асырылып атырған әмеллерге қарап оны жас өспирим шахс пайдаланып атырғанынан гүманланса, жасырын қурылмалар автомат түрде «жас өспиримлер» режимине өткериледи.

Нәтийжеде, профиль жабық жағдайға келеди, таныс емес адамлар биринши болып хабар жаза алмайды ҳәм айырым контентлерге шеклеўлер қойылады. Компания система қәтеликлерге жол қойыўы мүмкин екенлигин тән алып, пайдаланыўшыларға сазламаларды қайта қурыў имканияты қалдырылатуғынын мәлим еткен.

Функция ҳәзирги ўақытта АҚШта сынақтан өткериле басланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги