Қайырқомлық қәўендерликлериниң салық салынбайтуғын муғдары 34 миллионға шекем етип белгиленеди

327

Салық кодекси ҳәм «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға социаллық қорғаўға мүтәж халықты қоллап-қуўатлаўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Нызамшылық палатасының мәжилисинде усы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Әдиллик министриниң орынбасары Алишер Каримовтың атап өтиўинше, социаллық әҳмийетке ийе жумысты ғалаба ен жайдырыў мақсетинде қайырқомлық шөлкемлери тәрепинен «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не ямаса «Кәмбағал шаңарақлар реестри»не киргизилген шаңарақлар ағзаларына тиккелей берилетуғын ақшалай қаржылар түриндеги қайырқомлық қәўендерликлериниң салық салынбайтуғын муғдарын 34 млн.сумға шекем етип белгилеў нәзерде тутылмақта. Әмелде бул муғдар 15 млн.сумды қураған. Сондай-ақ, 2025-жыл 1-январьдан баслап майыплығы болған шахслар, ветеранлар, ҳаял-қызлар ҳәм балалар жәмийетлик бирлеспелерин дизимнен өткериў ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажының белгиленген ставкасын 2 есеге азайтыў белгиленбекте.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламының турмыс дәрежеси жақсыланыўына, олардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста толық қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылыўына ҳәм тийкарғы турмыслық мүтәжликлерин еркин түрде тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА