Ҳаял-қызлар ушын 15 000 долларлық грант: жаңа жойбарға старт берилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм Халықаралық раўажланыў аўқамының қатнасыўында «Аўыл исбилерменлигин раўажландырыў – 2-фаза» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы 317-санлы қарары тийкарында мәмлекетимизде 2025-2027-жыллар аралығында кем тәмийинленген ҳәм жумыссыз ҳаял-қызларды исбилерменлик тийкарларына оқытыў ҳәм оларға грант қаржыларын ажыратыў нәзерде тутылған.
Ҳәзирги күнде бул жойбардың «Ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў» деп аталған 1.4-субкомпоненти Болгарияның CEED Bulgaria орайы ҳәм Ташкенттеги «Annexure» коньсалтинг ҳәм инжиниринг компаниясы тәрепинен әмелге асырылмақта. Жойбар шеңберинде Бозатаў районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында район ҳаял-қызлары менен ушырасыў болып өтти.

Бул ушырасыўда Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлиминиң баслығы К. Идирисов, Жәҳән банкиниң Қарақалпақстандағы ўәкили Х. Жумабаев, жойбар басшысы И. Руденко, район белсендилери ҳәм жергиликли ҳаял-қызлар қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер тәрепинен соңғы жыллары елимизде халықаралық грантлар ҳәм донор шөлкемлердиң жәрдеминде халықтың турмыс шараятын жақсылаў, жумыссызлық машқаласын азайтыў, ҳаял-қызлардың экономикалық белсендилигин арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди.
Ушырасыў даўамында жойбар шөлкемлестириўшилери ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға қаратылған илажлар, оқыў модуллери ҳәм финанслық жәрдем шәртлери ҳаққында толық мағлыўмат берди. Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден жуўап алды.

Бул жойбар шеңберинде Бозатаў, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районларынан 1500 ҳаял-қыз 5 модул тийкарында оқытылып, сертификатқа ийе болатуғынлығын атап өтиў орынлы. Жойбар жуўмағында ҳәр бир қатнасыўшы халықаралық экспертлер жәрдеминде грант жойбарын жазады. Ең жақсы жойбарлар 5 000 ҳәм 15 000 АҚШ доллары муғдарындағы грант қаржылары менен қоллап-қуўатланады.
Бул баслама ҳаял-қызлардың бизнес тараўына қәдем қойыўы ҳәм өз жумысларын раўажландырыўы ушын үлкен имканият жаратады. Усы жойбар арқалы аўыллық жерлердеги ҳаял-қызлардың экономикалық еркинлиги тәмийинлениўи ҳәм олардың турмыс сапасының жақсыланыўы күтилмекте.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы