Коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў бойынша белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы илажлар ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Быйылғы жылдың 5-март күни Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңестиң кеңейтилген мәжилисинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жаңа системаны енгизип, бул мәселеге жәмийетшилик, парламент ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын кеңнен мобилизациялаў мақсетинде қарар етемен:
- Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңестиң 2025-жыл 5-мартта өткерилген кеңейтилген мәжилисинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм әмелий илажлар бағдарламасы 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
Министрлик ҳәм уйымлардың басшыларына усы Пәрман ҳәм оның қосымшаларында белгиленген ўазыйпаларды сапалы, өз ўақтында ҳәм сөзсиз орынланыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңес ҳәр жылы аймақлар кесиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, прокурорлар ҳәм ишки ислер уйымларының баслықлары менен биргеликте коррупцияның алдын алыў, оған қарсы гүрсеиў, соның ишинде, турмыслық коррупцияны сапластырыў, коррупцияға кескин қатнасықта болыў орталығын қәлиплестириў бойынша «жол карта»сын тастыйықлап, орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлесин.
- Коррупция ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўде парламенттиң ролин түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде Олий Мажлис палаталарына төмендегилер усыныс етилсин:
а) ҳәр жылы бюджеттен ең көп қаржы алатуғын үш министрлик ҳәм уйымда коррупциялық факторларды анықлап, оларды сапластырыў бойынша усыныслар киргизиў;
б) министр ҳәм ҳәкимлер лаўазымына талабанлар тийислисинше Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары кеңеслеринде көрип шығылып атырғанда олар тәрепинен коррупцияның алдын алыў бойынша анық реже қорғалыўына байланыслы тәртипти нызам ҳүжжетлеринде белгилеў;
в) халықаралық тәжирийбени үйренип, кибермәканда коррупцияға қарсы нәтийжели гүресиў бойынша беккем ҳуқықый база жаратыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
г) жуўапкер уйымлардың ўәкиллеринен ибарат жумысшы топарлар дүзген ҳалда «жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәптелиги» даўамында ҳәр айдың 1-5- сәнелеринде реже тийкарында «қызыл» категориядағы мәҳәллелерге барып, жынаятлардың келип шығыў себеплерин терең таллаў, район (қала), Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының прокурорлары ҳәм ишки ислер уйымлары баслықларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар бериў ҳәм район (қала) ҳәм мәҳәллелерде алға қойылған халықшыл басламалар тийкарында нызамларды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў.
- Аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар жумысы төмендегише жаңа тәртип тийкарында жолға қойылсын:
а) прокурор, ишки ислер ҳәм салық уйымларының басшылары секторлар жумысы бойынша жүкленген ўазыйпалардан азат етиледи;
б) секторлар жумысына бас министрдиң орынбасарлары ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери жуўапкер етип белгиленеди.
Министрлер Кабинети еки ай мүддетте секторлардың жаңа тәртип тийкарында жумыс ислеўи бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин.
- Экономикада коррупциялық факторлардың алдын алыў мақсетинде :
а) мәмлекетлик сатып алыўларда сатып алынатуғын товар ҳәм хызметлер баҳасы ҳәм оның орташа базар баҳасы арасындағы айырмашылықтың ең көп жол қойылатуғын шегарасынан шетке шыққан ҳалда сатып алыўларды әмелге асырған лаўазымлы шахслар жуўапкершиликке тартылатуғыны;
б) 2025-жыл 1-июльден ири инвестиция жойбарларында коррупцияға қарсы халықаралық стандартлар ҳәм ири аукцион шәртлерин бәсекиге шыдамлылық экспертизасынан өткериў тәртиби енгизилетуғыны;
в) «Ашық-айдын қурылыс» миллий мәлимлеме системасы (кейинги орынларда – «Ашық-айдын қурылыс» системасы)на қамтып алыў және де арттырылып, басқышпа-басқыш халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўындағы жойбарларға енгизилетуғыны белгиленсин.
- Усы Пәрманның 5-бәнтинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:
а) Экономика ҳәм қаржы министрлиги еки ай мүддетте:
1) мәмлекетлик аймақларда сатып алынатуғын товар ҳәм хызметлердиң баҳасы бойынша белгиленген талапларды бузғаны ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шығып, киргизсин;
2) Есап-санақ палатасы, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти менен биргеликте бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан тийкарғы қуралларды сатып алыў бойынша талапларды күшейтсин;
3) Есап-санақ палатасы менен биргеликте мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепеинен тиккелей шәртнамалар бойынша сатып алынатуғын товарлардың (жумыслар, хызметлер) түрлерин кеминде еки есе қысқартыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин;
б) Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте ири инвестиция жойбарларын коррупцияға қарсы халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў ҳәм ири аукцион шәртлерин бәсекиге шыдамлылық экспертизасынан өткериў тәртип-қағыйдаларын белгилейтуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
в) 2025-жыл ақырына шекем Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Инвестиция, санаат ҳәм саўда министрлиги халықаралық қаржы шөлкемлер менен биргеликте халықаралық тендер объектлери бойынша суб жумысты бөлип алып ислеўшилерди «Ашық-айдын қурылыс» системасы арқалы тартыў баҳасы 2 миллион АҚШ долларға шекемги халықаралық қаржы шөлкемлери есабынан қаржыландыратуғын жергиликли тендерлерди «Ашық-айдын қурылыс» системасында өткериў ҳәм халықаралық тендерлер бойынша тартылған сырт ел жумысты бөлип алыўшы шөлкемлердиң шәртнама баҳасының кеминде 60 процентин өз күши менен орынлаў тәртибин енгизиў илажларын көрсин;
г) Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги «Ашық-айдын қурылыс» системасын халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўындағы жойбарларға енгизиў ушын бул системада тийисли имканиятларды жаратсын.
- Министрлер Кабинети 2026-жыл 1-январьға шекем министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен көрсетилетуғын барлық мәмлекетлик хызметлерди район (қала) кесиминде халықтың өзи баҳалайтуғын системаны енгизсин.
Онда халық тәрепинен «қанаатландырарсыз» деп баҳаланған мәмлекетлик хызметлерди көрсететуғын министрлик, уйым басшылары ҳәм район т(қала) ҳәкимлериниң жеке жуўапкершилиги белиленсин.
- Әдиллик министрлиги:
а) бир ай мүддетте Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте жасалма интеллект тийкарында халықтың күнделикли турмысында ушырасатуғын сораўларына мобиль телефон арқалы әпиўайы ҳәм қолайлы түрде жуўап алыў имканиятын беретуғын онлайн платформаны иске қоссын;
б) Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен көрсетилип атырған барлық мәмлекетлик хызметлерди район (қала) кесиминде халықтың өзи баҳалайтуғын жаңа системаны енгизиўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;
в) үш ай мүддетте Адвокатлар палатасы менен биргеликте пуқараларға сапалы юридикалық жәрдем көрсетилиўинде адвокатлардың жумысына тосқынлық етип атырған факторларды сапластырыўға қаратылған нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы пәрманда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Д.Б.Кадиров ҳәм Р.Қ.Давлетовларға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 21-апрель