Парламентлераралық аўқам Атқарыў комитетиниң мәжилиси

152

Мәмлекетимиз пайтахты парламентаризм дүньясындағы ең әҳмийетли ўақыя – Парламентлераралық аўқамның (ПА) 150-юбилей ассамблеясына таярлық жумыслары даўам етпекте.

Бүгин Ташкентте парламентлераралық аўқам Атқарыў комитетиниң шөлкемлестириў мәселелери бойынша мәжилиси болып өтти. Мәжилисте Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева кирис сөзи менен қатнасты.

Сенат баслығы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ПА басшылығына, атап айтқанда, Аўқам Президенти Тулия Эксон ҳәм бас хаткер Мартин Чунгонг 150-юбилей Ассамблеяны Өзбекстанда өткериўге келисим билдиргени ушын миннетдаршылық билдирди. Бул илаждың елимизде өткерилиўи  мәмлекетимиздеги демократиялық реформалардың халықаралық дәрежедеги ҳүрмети екени атап өтилди.

Т.Норбоева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде социаллық әдиллик, кәмбағаллықты сапластырыў ҳәм әззи  қатламларды қорғаў мәселелериниң әҳмийетли екенлигин атап өтип, бул бағдарда парламентлер арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли екенлигине итибар қаратты.

Сондай-ақ, Өзбекстан парламентиниң ПА жумысындағы қатнасыўы барған сайын жеделлесип атырғаны атап өтилди. Президент Ш.Мирзиёевтиң «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди жеделлестриўде парламентлердиң ролин күшейтиў ҳаққында»ғы БМШ Бас Ассамблеясының резолюциясын қабыл етиў ҳаққындағы басламасы ПА  тәрепинен толық қоллап-қуўатланғаны атап өтилди:

– Миллий парламентимиз, атап айтқанда, Сенат дүнья күн тәртибиндеги тийкарғы бағдарлар  бойынша усы халықаралық структура менен буннан былай да нәтийжели, конструктивлик сөйлесиўди избе-из даўам еттириўден мәпдар екенлигин билдирмекшимен.

Соның менен бирге, ПА Атқарыў комитетиниң жумысы жоқары баҳаланып, оның парламентлераралық бирге ислесиўди  беккемлеўдеги үлкен әҳмийети атап өтилди. ПА менен өз-ара  бирге ислесиў шеңберинде Бухара ҳәм Ташкент қалаларында халықаралық парламент форумлары ҳәм ПА ға ағза мәмлекетлердиң парламентлериҳаял-қыз басшыларының 14-саммити табыслы өткерилгени де атап өтилди.

Норгул АБДУРАИМОВА, ӨзА