Тоқымашылық кәрханасының ирге тасы қаланды

Бүгинги күнде Республикамыз аймақларында тоқымашылық ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўдың жаңа қуўатлықлары жаратылмақта.
Бүгин Тахтакөпир районындағы «А.Адилов» АПЖ аймағында «Taxtakopir Gold Tekstil Mahsulotlari» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурылыўы режелестирилген тоқымашылық жойбарының салтанатлы түрде ирге тасы қойылды.
Онда район ҳәкими Ж.Адилов, нуранийлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жойбарды әмелге асырып атырған кәрхана басшылары қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар, жойбардың әҳмийети, оның район экономикасы ҳәм халықтың абаданлығына қосатуғын үлеси ҳаққында атап өтти.
-Президентимиздиң 2023-жыл 8-августь күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 129-санлы пәрманы тийкарында бул инвестициялық жойбар ушын 4,5 гектар жер майданы ажыратылды,-дейди район ҳәкимининиң орынбасары Қылышбай Даўлетов.-Улыўма баҳасы 25,4 млн АҚШ доллары болған жойбарға муўапық, кәрхана тәрепинен жылына 5 мың тонна жип ийирип шығарылып, жылына 11,1 млрд. сум муғдарында таяр өним ислеп шығарыў режелестирилген. Кәрхана толық иске түсиўи нәтийжесинде 257 жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги