ҚМУ студентлери халықаралық Олимпиада жеңимпазы

306

Усы жылдың 13-18-апрель күнлери Түркменстан Республикасының Ашхабад қаласында дәстүрий тәризде шөлкемлестирилген “Open Mathematical Olympiad for University Students (OMOUS-2025)” халықаралық математика олимпиадасы болып өтти.

Бул халықаралық жарыста дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен қәбилетли студент-жаслар қатнасты ҳәм олимпиада фундаментал ҳәм анық пәнлерге қызығыўшылығы жоқары болған жасларды анықлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм илимий байланысларды беккемлеў мақсетинде өткерилди.

Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары да табыслы қатнасып, бир қатар сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды. Атап айтқанда, математика факультетиниң студенти Сункат Максатов өзиниң жоқары билим ҳәм потенциалын көрсетип, алтын медальды ийелеўге еристи. Ал, Дамир Дилмуратов гүмис, Индира Сатниязова, Нурсултан Еримбетов ҳәм Наргиза Ҳақбергенова болса, қола медальлары менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, буннан тысқары, университет командасы командалық есапта да жоқары нәтийжеге ерисип, гүмис медальды қолға киргизди. Бундай жетискенликлер тек ғана университеттиң абырайын арттырыў емес, ал жасларымыздың интеллектуаллық потенциалы ҳәм илимге болған қызығыўшылығын және де беккемлеўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги