Нөкисте дзюдо бойынша Өзбекстан кубоги беллесиўлери өткерилди

Усы жылдың 18-апрель күни Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде (Манеж) спорттың дзюдо түри бойынша жаслар арасында Өзбекстан кубоги жарысларының ашылыў мәресими болып өтти.
Салтанатлы ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Дзюдо федерациясының баслығы З.Кахраманов қатнасып, барлық қатнасыўшы жас спортшыларды жарыс пенен қутлықлап, оларға табыслар тиледи.

Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, жасларды саламат турмыс тәризине тартыў, олимпиада ҳәм миллий спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бундай спорт жарыслары жас әўлад арасында саламат бәсеки ҳәм физикалық таярлықты беккемлеўге хызмет етпекте.
Еки күн даўам еткен Өзбекстан кубоги жарыслары қызғын беллесиўлерге бай болды. Республикамыздың түрли аймақларынан келген қәбилетли дзюдошылар жеңис ушын гүрес алып барды.
Командалық есапта төмендеги нәтийжелерге ерисилди:
1-орын – Хорезм ўәлаяты
2-орын – Қашқадәрья ўәлаяты.
3-орын – Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласы командалары
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине естелик саўғалары ҳәм дипломлар тапсырылды.

Жарыста жоқары дәрежеде қатнасқан спортшыларды қутлықлаймыз ҳәм оларға алдағы беллесиўлерде де үлкен табыслар тилеймиз.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы