Нөкисте «Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» халықаралық гастрономиялық фестивалы өткерилди

100

Қарақалпақстан Республикасында өткерилип атырған «Арал туризми» халықаралық ҳәптелиги шеңберинде гастрономия ықласбентлери ушын умытылмас илаж – «Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» атамасында халықаралық гастрономиялық фестивал шөлкемлестирилди.

Нөкис қаласының орайында болып өткен фестиваль жәмийетлик, жергиликли ҳәм сырт елли туристлер, студент-жаслар ушын гастрономиялық байрамға айланды. Фестивальдың тийкарғы мақсети – аймақлардың гастрономиялық туризм потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм Аралбойы халықларының бай тағам таярлаў дәстүрлерин кең жәмийетшиликке көрсетиўден ибарат болды.

Илажда шебер аспазлар ҳәм ҳәўескерлер тәрепинен балықлардан таярланған миллий, дәстүрий ҳәм заманагөй тағамлардың 99 түри усынылды. Фестивальда түрли миллет ўәкиллериниң сүйикли тағамлары да орын ийеледи, бул болса Қарақалпақстандағы көп миллетли орталық ҳәм мәдений ҳәр түрлиликти және де айқын көрсетти.

Фестиваль жуўмағында балықлы тағамлар бойынша беллескен аспазлар арасында ең дөретиўши ҳәм мазалы тағам таярлаған қатнасыўшылар жеңимпаз деп табылып, оларға баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги