Қарақалпақстанға Қытай автобуслары қашан алып келинеди?

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы И.Сдиков ҳәм Транспорт министри П.Каипбековлар хызмет сапары менен Қытай Халық Республикасының Чженчжоу қаласында болды.
Сапар шеңберинде олар «Yutong Bus Co» компаниясының халықаралық маркетинг бойынша вице-президенти Цюй Пен менен ушырасып, Қарақалпақстанда жәмийетлик транспорт хызметин буннан былай да раўажландырыў мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барды. Ушырасыўда аймақта ҳәрекеттеги автобуслардың үлесин көбейтиў, транспорт хызметлерин жетилистириў және халық ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз жәмийетлик транспортты тәмийинлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

Сондай-ақ, Қарақалпақстанда «Yutong» компаниясында ислеп шығарылған автобуслар санының артып баратырғанын есапқа алып, оларға техникалық хызмет көрсетиў системасын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ушырасыў ўақтында инновациялық технологияларды енгизиў, трансфер технологияларын раўажландырыў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелери де додаланды.
Сапар шеңберинде И.Сдиков «Yutong» компаниясының штаб-квартирасын да көзден өткерип, бренд илажында қатнасты. Ол жерде технологиялар тараўында ерисилген жетискенликлер менен жақыннан танысты ҳәм келешекте бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятлары көрип шығылды.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февральдағы «Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў илажлары ҳаққында»ғы 59-санлы қарарына муўапық, Нөкис қаласына лизинг тийкарында 11 миллиард сумлық қаржылар есабынан «Yutong Bus Co» компаниясынан 12 автобус алып келинген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги