Усы жылдың апрель айында Нөкис қаласында «Арал туризми» халықаралық ҳәптелиги шеңберинде әҳмийетли әнжуман – «Аралбойы жақсы нийет елшилери» халықаралық конференциясы болып өтти. Онда Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бас прокуратура, Туризм комитети, сондай-ақ, сырт елли ҳәм жергиликли экспертлер, билимлендириў мәкемелери ҳәм экологиялық институтлардың ўәкиллери белсене қатнасты.
Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳад Эрманов шығып сөйлеп, Аралбойы аймағында әмелге асырылып атырған «жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайлықларын жаратыў бойынша кең көлемли жумысларға айрықша итибар қаратты.
2018-жылдың декабрь айынан баслап қурыған Арал теңизиниң ултанына сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлериниң туқымлары және нәллерин егиў жумыслары системалы түрде әмелге асырылып келинбекте. 2018-2024-жыллар даўамында 1,8 миллион гектардан аслам майданда жаңа тоғайлықлар жаратылды ҳәм бул процессте 7 мың тоннадан аслам туқымлар жерге тасланды. Бул экологиялық жойбар жыл сайын және де шөлкемлескенлик ҳәм жоқары нәтийжелилик пенен даўам еттирилмекте.
Конференцияда шығып сөйлеген қәнигелер Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў, биологиялық ҳәр түрлиликти тиклеў, шорланыў процесслерин азайтыў ҳәм шөллениўдиң алдын алыўға қаратылған халықаралық ҳәм миллий бағдарламаларды додалады.
Соның менен бирге, климат өзгериўине бейимлесиў, билимлендириў системасында экологиялық билимлерди беккемлеў, маман кадрлар таярлаў мәселелери де әҳмийетли темалар сыпатында күн тәртибинен орын алды. Атап айтқанда, жаслар арасында экологиялық сана-сезим ҳәм мәдениятты қәлиплестириўге байланыслы усыныс ҳәм басламалар айрықша атап өтилди.
Бул конференция Аралбойында турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм глобал экологиялық машқалаларға барлық тәреплердиң итибарын қаратыўда әҳмийетли платформаға айланды.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы