Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтпекте. Бул таңлаўда жәми 46 жас өз бағдарлары бойынша сәўбетлерде қатнаспақта.


Алдынырақ «Мард ўғлон» сыйлығына таңлап алыў басқышлары ушын ҳүжжетлер қабыл етилип атырғаны ҳаққында хабар берилген еди. Енди регионаллық басқышлар шеңберинде ең мүнәсип талабанлар анықланбақта. Сәўбетлесиў нәтийжелерине бола жоқары нәтийже көрсеткен қатнасыўшылардың ҳүжжетлери Республикалық комиссияға усынылады.


Бул абырайлы сыйлық ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан 2 ден пидайы ҳәм белсенди жасларға бериледи. Сыйлық «Жаслар күни» алдында тапсырылады.

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы