Аралбойы регионының туризм потенциалын арттырыў ҳәм оны кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген Арал туризми ҳәптелиги қызғын руўхта даўам етпекте. Илаждың екинши күни – 18-апрель күни Нөкис қаласы орайында жәмийетшилик үлкен қызығыўшылық пенен күткен «Open-air» концерт бағдарламасы болып өтти.
Дәстүрий байрам түринде өткен концертке Қарақалпақстанның ең белгили қосықшылары ҳәм Ташкент қаласынан келген бир қатар белгили көркем өнер ғайраткерлери қатнасты.

Илаж даўамында миллий ҳәм заманагөй қосықлар, сондай-ақ, Арал темасындағы арнаўлы музыкалық композициялар жаңлады.
Арал туризми ҳәптелиги шеңбериндеги бундай мәдений бағдарламалар тек ғана жергиликли халық емес, ал сырт елли туристлер ушын да үлкен қызығыўшылық оятпақта. Бул болса Аралбойы регионын жаңа туризм мәканы сыпатында танытыўға хызмет етеди.

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери