Президентимиз исбилерменлерди ойландырып атырған және бир мәселеге тоқтап өтти.

Орынларда жер салығы ҳәм ижара төлемлерине арттырыўшы коэффициент белгиленип атырғанда оның бизнеске тәсирин үйрениў, исбилерменлердиң имканияты ҳәм қаржы жағдайынан келип шығып, қарар қабыл етиў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Түсимди көбейтиў салық ставкасын арттырыў есабынан болмаўы керек. Керисинше, исбилерменге жәрдем берип, салық базасын кеңейтсек, түсим көбейеди, исбилерменлер де разы болады,-деди Президент.

Ендигиден былай исбилерменлерге усы салықларды жылда екиге бөлип төлеўге руқсат бериледи.

ӨзА