Түркий мәмлекетлер парламентлериниң қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўи

Ҳәзирги күнде дүнья сахнасында пайда болып атырған ҳәр қыйлы қәўип-қәтерли жағдайларда регионымызда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў әҳмийетли мәселелерден бири. Бул бағдарда парламентлердиң бирге ислесиўин беккемлеў мәмлекетлер арасындағы пайдалы байланыслардың раўажланыўына тийкар болады.
Әзербайжан пайтахты Баку қаласында Түркий мәмлекетлер парламентлериниң қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелри бойынша комитетлери басшыларының екинши мәжилиси болып өтти. Түркий мәмлекетлер Парламент Ассамблеясы (ТүркПА) мирәт етиўине бола Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси делегациясы да усы мәжилисте қатнасты. Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда атап өтилгениндей, бул илажда түркий мәмлекетлер арасында қорғаныў ҳәм қәўипсизлик тараўларындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде парламентлердиң бирге ислесиўин раўажландырыў арқалы аўызбиршиликти тәмийинлеў, бул бағдарда өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели қатнасларды ислеп шығыў сыяқлы мәселелер додаланды.
Парламентлер ўәкиллери регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, қәўипсизликке қәўип салыўшы факторларға қарсы биргеликтеги ҳәрекетлерди және де күшейтиў, улыўма қәдириятлар, тарийхый байланыслар ҳәм стратегиялық мәплер тийкарында өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Бул мәжилис түркий мәмлекетлер арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў, сиясий-ҳуқықый, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик тараўларындағы татыўлықты тәмийинлеўге хызмет етиўи менен айрықша әҳмийетке ийе.
М.Комилова, ӨзА