Халықаралық институтлар, олар ислеп шыққан қағыйда ҳәм нормалар бүгин нәтийжесиз болып бармақта – Президент

394

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында басланған видеоселектор мәжилисинде дүньяда жүз берип атырған экономикалық ҳәм саўда шеклеўлериниң Өзбекстанға тәсирин жумсартыў мәселелери додаланбақта.

Бәринен бурын, мәмлекетимиз басшысы глобал экономикалық жағдайға тоқтап өтти.

– Ҳәзирги дүнья бурынғыдай емес. Гәп тариф ямаса олардың муғдарында да емес. Узақ жыллар даўамында мәмлекетлер арасында турақлы қатнасықлар ҳәм өз-ара исенимди тәмийинлеген халықаралық институтлар, олар ислеп шыққан қағыйда ҳәм нормалар бүгин нәтийжесиз болып бармақта.

Әлбетте, бул процесслер шынжырлы тәсир көрсетип, дүнья экономикасының төменлеўи ҳәм халықаралық саўданың азайыўына алып келиўи мүмкин,-деди Президент.

ӨзА