Қатар әмири Путин менен ушырасыў ушын Москваға келди

Қатар әмири Шайх Тамин бин Ҳамад Ол Соний пийшемби күни Москва қаласына сапар етти, деп хабар берди Россияның ТАСС мәмлекетлик мәлимлеме агентлиги.
Қатар Россия ҳәм Украина арасында дәлдалшылық етиўге бир неше мәрте урынып көрди ҳәм урыс пайытында ата-анасынан ажыралған ҳәр еки мәмлекеттен балаларды қайтарыўға жәрдем берди.
Россия ҳәм Қатар усы ҳәптеде жетекшилер Украинадағы урысты тоқтатыў ушын тынышлық келисимине ерисиў ҳәрекетлерин додалайтуғынын мәлим етти.
АҚШ президенти Дональд Трамп бир неше мәрте «қан төгиў»ди тоқтатыўды қәлеп атырғанын айтты, бирақ бул бағдарда еле табысқа ерискени жоқ. Москва келисими бойынша келисимге ерисиў аңсат болмайтуғынын айтты.
Кремльдиң билдириўинше, Путинниң Қатар әмири менен сөйлесиўлеринде регионаллық мәселелер де додаланады.
Қатар сыртқы ислер мәмлекетлик министри Муҳаммад Ал-Хулайфийдиң ТАСС мәмлекетлик мәлимлеме агентлигине айтыўынша, сөйлесиўлер Украина, Сирия, Газа секторы ҳәм суйылтырылған газ сыяқлы энергия дереклерин қамтып алады.
М.Пирматова, ӨзА