У-17 Азия чемпионаты: Өзбекстан финальда!

127

Саудия Арабстанында болып өтип атырған У-17 Азия чемпионатының ярым финал ойынында Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы гезектеги әҳмийетли жеңиске еристи. 17-апрель күни болып өткен ушырасыўда жасларымыз Арқа Корея сайланды командасын 3:0 есабында жеңип, финал жолламасын қолға киргизди.

Ойынның 31-минутында Садриддин Ҳасанов қарсылас дәрўазасына гол урып, есапты ашты ҳәм командамызды алдынға алып шықты. Арадан көп өтпей, 41-минутта Арқа Корея ойыншысы Канг Мёнг Бом қызыл карточка алып, майданды тәрк етти. Бул Өзбекстанның үстинлигин және де арттырды.

Екинши бөлимде болса үстинлик толық бизиң футболшылар тәрепинде болды. 62-минутта Жамшидбек Рустамов есапты 2:0 көринисине келтирди. Арадан тек үш минут өтип, Абубакир Шукуруллаев үшинши голды урып, жуўмақлаўшы есапты белгиледи – 3:0.

Бул әҳмийетли жеңис Өзбекстан жас өспиримлерине чемпионат финалына жол ашты. Екинши ярым финальда Саудия Арабстаны пенальтилар сериясында Қубла Кореяны жеңди ҳәм финал жолламасын қолға киргизди.

Финал беллесиўи 20-апрель күни, Ташкент ўақты менен саат 20:00 де басланады. Онда Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны жас өспиримлери чемпионлық ушын гүреседи.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы