«Алпамыс избасарлары» әскерий-спорт жарысы өткерилди

238

Нөкис гарнизонында жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, студентлердиң руўхый ҳәм физикалық таярлығы, оларда Қураллы Күшлер қатарында хызмет етиўге болған қызығыўшылықты арттырыў ҳәм жаслар арасындағы жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде, Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи менен биргеликте жоқары оқыў орынларындағы студент-жаслар арасында «Алпамыс избасарлары» әскерий-спорт жарысы өткерилди.

Жарыс қатнасыўшылары тийкарынан, республикамызда жайласқан жоқары оқыў орынларында оқып атырған әскерий хызметке бармаған ҳәм усы тараўға қызығыўшы жаслардан сайлап алынған командалар болып, олар улыўма 6 шәрт бойынша өз-ара беллести.

Атап айтқанда, командалар жуўырыў бойынша эстафетасы, АК-74 автоматын толық емес бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў, мергенлик (ТИР), арқан тартыс, узақ аралыққа граната ылақтырыў, тосықлардан өтиў сыяқлы шәртлерде қатнасыўшылар өзлериниң шаққанлықларын сынақтан өткерди.

Қызғын беллесиўлер астында өткен жарыс жуўмағында, биринши орынды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен дүзилген команда жеңип алыўға миясар болды.


Ал, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты командалары сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеўге еристи.

Жарыс жуўмағында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы Диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы