Рашида Тагирова қытайлы қарсыласын жеңди
219

Россия Федерациясының Хабаровск қаласында бокс бойынша «Константин Коротков» халықаралық еске алыў турнири болып өтпекте.
Бул халықаралық жарысқа Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы қурамында, қарақалпақстанлы Рашида Тагирова ҳәм Айсанем Саруаровалар қатнаспақта.
Турнирдиң дәслепки күнинде өткерилген беллесиўлерде 60 кг салмақта рингке шыққан Рашида Тагирова қытайлы Мао Дингти жеңип, келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы