Инспекцияға хожалық субъеклериниң қаржы-хожалық жумысына араласыў қатаң қадаған етилди

«Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында мәмлекетлик қадағалаўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди, деп хабар береди xs.uz.
Пәрманға бола, төмендегилер қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында мәмлекетлик қадағалаўды жетилистириўдиң тийкарғы мақсетлери етип белгиленди:
– Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясын (Инспекция) еркин республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымы сыпатында қәлиплестириў;
– қурылыс, көп квартиралы жайларды басқарыў ҳәм ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып жибериў тараўында қадағалаў функцияларын толық санластырыў;
– жеке меншик сектор тәрепинен әмелге асырылатуғын қадағалаў системасының механизмлерин қәлиплестириў.
2025-жыл 1-майдан:
– исбилермен ҳәм қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында қадағалаў аймақлық инспекциялары арасында шәртнама дүзилген болса, исбилерменлердиң қурылыс объектлеринде қысқа мүддетли мәмлекетлик қурылыс қадағалаў илажлары шәртнама шәртлери шеңберинде әмелге асырылады ҳәм «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасында дизимнен өткерилмейди;
– Инспекцияға хожалық жүргизиўши субъектлердиң қаржыландырыў дәреклерине қарамастан қаржы-хожалық жумысына араласыў қатаң қадаған етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги