Президент Шавкат Мирзиёев Әндижан ўәлаятының аймақлық санаат ярмаркасын барып көрди.
Бул жерде 110 кәрхананың 500ге шамалас өними презентацияға қойылған. Соның ишинде, автомобиль қурылысы, машина қурылысы, тоқымашылық, электр техникасы, санлы технологиялар, қурылыс материаллары, азық-аўқат, гүл жетистириў, пал ҳәррешилик, балықшылық ҳәм басқа тармақлардағы нәтийжели жойбарлар усынылған.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта ислеп шығарылып атырған кең түрдеги өнимлер ҳәм алдыңғы колланбалар менен танысты, олардың белсендилери менен сәўбетлести. Жақсы тәжирийбелерди қоллап-қуўатлап, елимиз көлеминде ғалаба ен жайдырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Усы мақсетте ярмаркаға Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкенттен жуўапкерлер ҳәм исбилерменлер мирәт етилген. Олар өнимлерди биргеликте ислеп шығарыў, кооперация ҳәм саўда-сатық мәселелеринде пикир алыспақта.
Ҳәзирги күнде Әндижан ўәлаятында 11 мыңнан аслам санаат кәрханасы бар. Олардың республика санаатындағы үлеси 10 проценттен жоқары.
Атап айтқанда, аймақта 47 санаат зонасы шөлкемлестирилген. Оларда 2,3 триллион сумлық 1 000 жойбар әмелге асырылған болып, 18 мың адам жумыс пенен тәмийинленген. Бул зоналарда 2024-жылы 1 триллион сумлық өним ислеп шығарылып, дерлик 31 миллион долларлық экспорт етилген.
Ҳәзирги күнде баҳасы 1 миллиард долларлық 288 инвестициялық жойбар әмелге асырылыў процесинде.
Соның ишинде, быйыл 119 жойбар иске қосылып, 4 мыңнан артық жумыс орны жаратылады. Санаат өнимлериниң экспорты 47 миллион долларға жеткериледи.
Өткен жылғы сапарынан соң, Алтынкөл районынан 16 гектар жер ажыратылып, мебельлерди кластер усылында ислеп шығарыў комплекси шөлкемлестирилген еди. Бул жерде 100 ден артық устахана, 236 шоурум ҳәм саўда орынлары жайласқан.
ӨзА