«Uzbekistan Airways» Ташкент-Жидда-Ташкент жөнелисиндеги Умра визасына ийе жолаўшыларды қабыллаўды тоқтатты

«Ҳаж-2025» бағдарламасы басланғаны мүнәсибети менен 2025-жылдың 14-апрелинен баслап «Uzbekistan Airways» Ташкент-Жидда-Ташкент жөнелисиндеги рейслерде Умра визасына ийе жолаўшыларды қабыллаўды тоқтатты.
«Uzbekistan Airways» баспасөз хызметиниң хабарында атап өтилиўинше, 2025-жыл 14-апрельден баслап авиакомпания рейслери арқалы Саудия Арабстанына барып атырған барлық жолаўшылар Ташкентке қайтыў билетине ийе болыўы ҳәм 2025-жыл 30-апрельге шекем мәмлекет аймағынан шығып кетиўи шәрт.
Егер 30-апрельден кейин Саудия Арабстанында қалған жолаўшылар анықланса, жәриймалар ушын жуўапкершилик агент ямаса жолаўшыға жүкленеди.
Саудия Арабстаны Пуқаралық авиация бас басқармасы айланысына муўапық, «Uzbekistan Airways» тәрепинен әмелге асырылып атырған Ташкент – Жидда – Ташкент рейслери 2025-жыл 30-апрельден баслап бийкар етиледи.
Ш.Маматуропова, ӨзА