Халықаралық валюта қоры: геосиясий қәўип артпақта

– Ҳәзир әскерий ҳәрекет, террор ҳүжими ҳәм кескинлик күшейиўи менен байланыслы глобал геосиясий қәўип-қәтер айтарлықтай дәрежеде артты, – делинген Халықаралық валюта қоры тарқатқан билдириўде.
– Бул халықаралық қатнасық, экономикалық турақлылықтың бузылыўына алып келеди. Урыс, террор ҳүжими, мәмлекетлер аралық тартыслар сыяқлы кескин, кеўилсиз ҳәдийселерди өз ишине алған геосиясий қәўип-қәтер кейинги жылларда айтарлықтай дәрежеде артты.
Улыўма, ХВҚ геосиясий қәўип-қәтер ҳәм бөлиниўлер баҳаланған ҳәр түрли көрсеткишлерди бирлестирген есабат кейинги он жыллықлардағы ең жоқары дәрежеге шыққанын атап өткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги