Президент Шавкат Мирзиёев Әндижан ўәлаятында 2025-жылы ерисилиўи режелестирилген тийкарғы мақсетлерге байланыслы презентация менен танысты.

Усы жылдың биринши шерегинде инвестициялық жойбарлардың нәтийжесинде ҳәм коммерциялық банклердиң қатнасыўында 77 мың пуқара жумыс пенен тәмийинленген.


Улыўма 2025-жылы 5 миллиард 700 миллион долларлық 166  инвестициялық жойбар әмелге асырылады. Бул арқалы 31 мың жумыс орны ашылады. 31 түрдеги жаңа өним алыў жолға қойылып, 1,5 миллиард долларлық экспорт имканияты жаратылады. Кәрханаларды турақлы энергия менен тәмийинлеўге 65 мегаватт жаңа қуўатлықлар жаратылады.


Бул жумысларды даўам еттирип, жылдың ақырына шекем 305 мың халықты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў мақсет етилген.

Презентацияда экономиканы диверсификациялаў, санаатты раўажландырыў, жаңа технологияларды енгизиў ҳәм өндирис қуўатлықларын кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. 2025-жылы экономикалық өсим пәти 5,5 процентке жетиўи күтилмекте.


Президент жуўапкерлерге жойбарларды өз ўақтында орынлап, халықты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў, жумыссызларды кәсипке бағдарлаў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА