Иран-АҚШ сөйлесиўи унамлы жуўмақ таба ма?

Уллы Британия парламенти хаткериниң Жақын Шығыс, Аўғанстан ҳәм Пакистан бойынша орынбасары Ҳамиш Фальконер Оманда Иран ҳәм АҚШ арасында болып өткен тиккелей емес cөйлесиўди Иранның ядролық машқаласына дипломатиялық шешим табыў жолында қойылған биринши қәдем сыпатында баҳалады.
Бул ҳаққында “Irna news” жазған.
Иран сыртқы ислер министри Аббос Арақчий сөйлесиўди нәтийжели ҳәм перспективалы, деп баҳалады. Сондай-ақ, келеси ҳәптеде келисиў көлемин сөйлесиў ушын Америка жәмәәти менен тиккелей емес сөйлесиўдиң екинши басқышы болып өтетуғынын тастыйықлады.
Кейинги басқыш Маскатта өткерилмеўи мүмкин, бирақ Оман дәлдалшы болып қала береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги