АҚШтың абырайлы басылымында Самарқанд саммити темасы

Америка Қурама Штатларының «The Diplomat» басылымында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты директоры Элдор Ариповтың «Европа Аўқамы – Орайлық Азия саммити өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа моделин усыныс етпекте» атамасындағы аналитикалық мақаласы жәрияланды.
Автор ески қаламызда болып өткен әнжуманда регионды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленип, тилеклеслик ҳәм стратегиялық бирге ислесиў мәселеси додаланғаны, Европа болса идея ҳәм басламаларды биргеликте әмелиятқа енгизиўге таяр екенлигин баян еткен.
Материалда халықаралық система исеним кризиси, тартыс ҳәм экономикалық бөлиниў шараятында Орайлық Азияның жүрегинде жайласқан Өзбекстан өз-ара ҳүрмет, нәтийжели шериклик ҳәм раўажланыў машқалаларын биргеликте шешиўге қаратылған күн тәртибин көрсетип атырғаны айрықша атап өтилген.
– Орайлық Азия – арқада Россия, шығыста Қытай ҳәм батыста Аўғанстан менен шегаралас аймаққа он жылдай алдын тартыс ҳәм жабық шегаралар регионы сыпатында қаралатуғын еди,-деп жазады Э.Арипов. – Бүгин болса турақлы, үзликсиз ҳәм ашық аймақ сыпатында тән алынбақта. Орайлық Азия – ЕА саммитинен алдын Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан басшылары тәрепинен мәмлекетлик шегаралардың тутас ноқаты ҳаққындағы тарийхый келисим ҳәм Мәңги дослық декларациясына қол қойылыўы да усы өзгерислердиң анық мысалы болып есапланады. Бул келисимлер көп жыллық шегара машқаласын шешип, регионаллық бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар ашты.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң мағлыўматына бола, быйыл Орайлық Азия жалпы ишки өниминиң өсиўи 6 процентке жетиўи күтилмекте. Бул глобал орташа көрсеткиштен әдеўир жоқары. Регион экономикалық жақтан раўажланыўға ериспекте: ишки саўда 4,5 есеге арты, өз-ара инвестиция еки есеге көбейди, биргеликтеги кәрханалардың саны болса бес мәрте өсти.
СМТИ директоры бул раўажланыў орайында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығындағы сыртқы сиясат концепциясы турғанын жазған. Мәмлекетимиз жетекшиси бәринен бурын «қоңсылар менен машқаласыз» принципти алға қойғанына итибар қаратқан.
АҚШ басылымы Орайлық Азия бай инсан капиталы ҳәм өзлестирилмеген тәбийғый ресурсларға ийе екенлиги, дүньядағы анықланған нефть ҳәм газ резервиниң 7 проценти ҳәм салмақлы муғдарда жасыл технология ҳәм санлы трансформация ушын зәрүр бийбаҳа металларды өз қушағында сақлап атырғанын атап өткен.
Кейинги жети жылда ЕА ҳәм Орайлық Азия арасындағы саўда муғдары төрт есеге көбейип, 54 миллиард евроға жетти. Бул қатнасық енди донор ҳәм қабыл етиўши тийкарында емес, ал өз-ара пайдалы бирге ислесиў түринде раўажланбақта. Мақалада Европа инвестиция банкиниң Ташкентте регионаллық офисин ашыў бойынша келисимге қол қойылыўы да итибарға ылайық ўақыя екени атап өтилген. Бул ЕАның регионда узақ мүддетли ҳәм терең бирге ислесиўге садық екенлигин көрсетеди. Өзбекстан бул процессте әҳмийетли бирге ислесиўши сыпатында көринбекте.
Сондай-ақ, материалда Европа Аўқамы Орайлық Азияны жасыл энергия, инфраструктура ҳәм инновация ушын тийкарғы инвестиция мәнзили сыпатында көриўге умтылып атырғаны ҳаққында сөз болған:
– ЕА бизиң регионымызда карбон базарын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў нийетин билдирип, «Орайлық Азия – ЕА таза энергия шериклиги»н дүзиў бойынша Өзбекстанның басламасын қоллап-қуўатлады. Ески континент инсан капиталын раўажландырыўға жедел инвестиция киргизбекте. Erasmus+ бағдарламасы шеңберинде Орайлық Азия студентлери ушын имканиятты кеңейтиў, жасалма интеллект, үлкен мағлыўмат ҳәм космослық технология тараўында академиялық алмасыўды жолға қойыў ҳәм санлы билимлендириў, инновация бағдарламалары арқалы жақынласыў режелеримиз де бар.
Улыўма, көплеген факт, статистика ҳәм жойбарларды таллаўға тийкарланған мақалада регионымыз жаңа сиясий-экономикалық өсиў пәтин алғанына итибар берилген. Орайлық Азия мәмлекетлери өз пайдасын күн сайын көбирек жалғыз даўыс пенен билдирмекте. Автор жуўмақ тәризинде Самарқанд мине, усы регионаллық даўысты көрсетиў, жағдайды мүнәсип баҳалаў ушын қолайлы майдан болып хызмет еткени, Орайлық Азия мәмлекетлери анық механизм, усыныс ҳәм бирге ислесиў платформасын алға қойғанын келтирген.
Беҳруз Худойбердиев,
ӨзАның хабаршысы