Instagram ҳәм WhatsApp ийеси өзгериўи мүмкин

236

Бүгин Вашингтонда социаллық медиа гиганты «Мета»ға қарсы монополияға тийисли ис бойынша суд процеси басланды.

АҚШ Бәсеки ҳәм тутыныўшыларды қадағалаўы шөлкеминиң атап өтиўинше, «Facebook» социаллық тармағын қәўендерликке алыўшы «Мета» корпорациясы бәсекиликти сапластырыў ушын 2012-жылы «Instagram»ды, 2014-жылы «WhatsApp»ты сатып алып, «бирден-бир ҳүкимдар»ға айланған еди.

Федерал саўда комиссиясы (FTC) бул сатып алыў процесин көрип шықпақта. Егер FTC бул исте утса, Мета бас директоры Марк Цукерберг «Instagram» ҳәм «WhatsApp»ты сатыўға мәжбүрлениўи мүмкин.

Мета ўәкили буннан алдын жеңиске ерисиўге беккем исенетуғынын айтқан, экспертлер болса ВВС хабаршысына «Instagram» пайдаланыўшылары ҳәзир жақсырақ имканиятқа ийе болғанын атап өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги