Футбол: Студентлеримиздиң Универсиададағы табысы

Буннан алдынғы хабарларымызда Үргениш қаласында футбол бойынша Универсиада жарысының республикалық басқышы болып өтип атырғаны ҳаққында мәлимлеме берген едик.
Өз топарында, Наманган, Әндижан ҳәм Самарқанд ўәлаятлары командаларын артта қалдырыўға ерискен, республикамыздың студент-жаслары ярым финальда майдан ийелери есапланған Хорезм ўәлаяты футболшыларына 4:2 есабында жеңилип қалды.
Жарыстың үшинши орны ушын өткерилген беллесиўде болса, республикамыз командасы Сырдәрья ўәлаяты командасын пенальтилер сериясында жеңип шығып, Универсиада – 2025 жарысының қола медалы ийесине айланды.

Финал беллесиўинде болса, Хорезм Ташкент ўәлаяты командасын 3:0 есабында жеңип шығып, алтын медальды қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы