«Жасыл» энергетика: 2 миллиард киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылды

230

Өзбекстанда 2025-жылдың басынан берли қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен ислеп шығарылған электр энергиясының көлеми 2 миллиард киловатт саатқа жетти. Бул ҳаққында энергетика министрлигиниң мәлимлеме хызмети мәлим етти.

Атап өтилиўинше, усы жылдың 12-апрель күни саат  15:30 жағдайына бола усы көрсеткишке ерисилген. Ҳәзирги ўақытта мәмлекеттиң 10 ўәлаятында жәми 4067 мегаватт қуўатлылыққа ийе 11 қуяш фотоэлектр станциясы ҳәм 3 самал электр станциясы жумыс алып бармақта. Бул объектлер қайта тиклениўши энергия ислеп шығарыў арқалы миллий энергетика системасында әҳмийетли орын ийелемекте.

Бизге белгили, Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўға бағдарланған бағдарлама 2022-жылы әмелге енгизилген. Сол жылы Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларындағы қуяш станциялары тәрепинен 434 миллион киловатт саат, 2023-жылы болса 576,9 миллион киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылған.

Усы жылдың басынан берли қуяш электр станциялары 1 миллиард 169,9 миллион киловатт саат, самал электр станциялары болса 830,1 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарды. Бул көрсеткиш 2024-жылы самал станциялары тәрепинен ислеп шығарылған жәми электр энергиясы 799 миллион киловатт сааттан жоқары.

Ислеп шығарылған «жасыл» энергия есабынан 600 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленди. Сондай-ақ, атмосфераға 1 миллион 176 мың тоннадан артық карбонат ангидрид ҳәм 1176 тонна азот оксидлери шығыўының алды алынды.

Сондай-ақ, 2025-жылдың басынан 12-апрель саат 15:30ға шекем республикамыздағы барлық гидро, қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен жәми 3 миллиард 707 миллион киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылды.

Бул көрсеткиш есабынан 1 миллиард 112,1 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленди, атмосфераға 2 миллион 179 мың 716 тонна карбонат ангидрид ҳәм 2179,7 тонна азот оксидлери шығыўының алды алынды.

Бул муғдардағы электр энергиясы 4 миллион 633 мың 750 хожалықтың төрт айлық ямаса 1 миллион 544,6 мың хожалықтың толық бир жыллық энергия талабын қаплаў имканиятын береди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА