БМШтың Мәмлекетлик хызмет форумы Өзбекстанда болады

189

Усы жылы БМШтың Мәмлекетлик хызмет форумы өткериледи. Бул абырайлы әнжуман биринши мәрте Өзбекстанда болып өтеди.

2025-жыл 23-25-июнь күнлери өткерилиўи режелестирилип атырған халықаралық илаж «Silk road Samarkand» комплексинде өткерилиўи нәзерде тутылған.

Глобал илаж министрлер, жоқары мәртебели мәмлекетлик ҳәмелдарлар, пуқаралық жәмийетиниң жетекшилери ҳәм инноваторларды мәмлекетлик хызметтиң перспективасы ҳаққында пикир алмасыў ушын бир жерге топлайды.

«2030-жылға шекем бес жыл: Турақлы келешек ушын мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди жеделлестириў» темасында өткерилетуғын илаж БМШ Экономикалық ҳәм социаллық мәселелер департаменти (UN DESA), Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги, Стратегиялық реформалар агентлиги, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте шөлкемлестириледи.

Н.Абдураимова, ӨзА