Қытайда күшли даўыл жүз берди, қурбанлар бар

Қытайдың арқа ҳәм орайлық аймақларында күшли даўыл жүз берди.
Дереклердиң жазыўынша, самалдың тезлиги саатына 150 километрге жеткен. Имаратлардың төбелерин ушырып, қалыңлығы 30 сантиметрге шекемги тереклерди қопарып кеткен. Пекин ҳәм Хебей провинциялары тәбийғый апатшылықтан ең көп жәбирленгени айтылмақта. Айрықша жағдайлар хызметлери онлаған қурбанлар ҳәм бүлгиншиликлер ҳаққында хабар берди.
Еслетип өтемиз, рәсмийлер буннан алдын 50 килограммнан аз салмақлы инсанларға үйинен шықпаўды усыныс еткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги