Алтынның баҳасы тарийхта биринши мәрте $3 200дан асты
267

Алтын баҳасы тарийхый рекорд орнатты. Бүгин алтынның баҳасы дүнья базарында троя унция ушын биринши мәрте $3 200 дан асты.
Алтын баҳасының булай көтерилиўин Дональд Трамптың мәмлекетлерге жәриялаған жоқары бажы тарифлерин 90 күнге тоқтатып қойыў ҳаққындағы қарары менен байланыстырыў мүмкин. Тап сол жәрияланған хабардан кейин алтынның баҳасы көтерилиўди баслаған еди ҳәзир рекорд дәрежеге жетти.
Өзбекстан Орайлық банки тәрепинен айланысқа шығарылған алтын қуймалардың баҳасы да рекорд дәрежеге жетти. 5 граммлық алтын қуймасының баҳасы биринши мәрте 6,8 миллион сумнан асты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги