Қазақстан ҳәм Әзербайжан әскерий-теңиз шынығыўын өткереди

«AZfront» жаңалықлар каналы Қазақстан қорғаныў министрлигине сүйенип жазыўынша, жақын күнлерде Каспий теңизиниң Қазақстан секторында Әзербайжан әскерий хызметкерлери менен бирге «Каспий самалы – 2025» әскерий-теңиз шынығыўлары өткериледи. Илаж даўамында ассиметириялық қәўип-қәтерлерди қайтарыў, апатшылыққа ушыраған самолёт ҳәм кемелерге болжанған жәрдем көрсетиў процеси бойынша шынығыў алып барыў режелестирилген. Теңиз ҳәм ҳаўа нышанына қарата жанлы атысыў да сынап көриледи.
Шынығыўда теңиз флоты базасының қурғақшылық бөлими ҳәм кемелери жеке қурамы да қатнасады. Әзербайжаннан еки қорғаў ҳәм жәрдемши кемелер және қурғақшылық бөлимлери жеке қурамы таяр болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги